15-октябрь күни Қашқардан усы жөнелис бойынша дәслепки жети транспорт қуралы жолға шықты. Олардың Өзбекстанға жетип келиўи 21-октябрьде, Түркменстанға жетип келиўи болса 24-октябрьде режелестирилген. Жүклердиң бир бөлеги Түркменстаннан Әзербайжанға жеткерип бериледи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
ҚХР Транспорт министрлигиниң Транспорт хызметлери департаменти директоры Цай Туаньцзениң атап өтиўинше, "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан - Түркменстан" жөнелисиниң иске қосылыўы Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай жетекшилериниң бирге ислесиўди жедел раўажландырыўға болған умтылысын сәўлелендиреди.
Оның атап өтиўинше, коридор ағза мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине, өз-ара тасыўлардың көлемин арттырыўға, "Бир мәкан, бир жол" басламасын алға қойыўға хызмет етеди. Жаңа жөнелис тек ғана Европа базарларына емес, ал Қубла Азия ҳәм Жақын Шығыс базарларына да жол ашады.