Энергетика министрлиги саат 17:00 ден 21:00 ге шекем электр энергиясында үзилислер болыўы ҳаққындағы хабарларды бийкарлады

    10 желтоқсан 2025 139

    Социаллық тармақларда "Өзбекстан бойлап көплеген орынларда саат 17:00 ден 21:00 ге шекем свет өшириледи" атамасында хабарлар тарқалмақта. Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, бул мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўра келмейди ҳәм бет ийелери тәрепинен тек ғана итибар қаратыў мақсетинде тарқатылмақта.

    Буннан алдын Энергетика министрлиги зәрүр жағдайларда айырым аймақларда электр тәмийнатында қысқа мүддетли үзилислер болыўы мүмкин екенин мәлим еткен еди. Бундай жағдайлар бойынша халық алдыннан рәсмий түрде хабардар етиледи.

    Усы мүнәсибет пенен социаллық тармақ администраторларына тастыйықланбаған ҳәм дурыс емес мағлыўматларды жәрияламаў усыныс етиледи.

    Министрлик жалған мағлыўмат тарқатқаны ушын әмелдеги нызамшылыққа муўапық жуўапкершилик бар екенлигин ескертеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates