Сондай-ақ, мәжилисте: Әзербайжан Республикасы қорғаныў министри, генерал-полковник Закир Гасанов; Беларусь Республикасы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Виктор Хренин; Қазақстан Республикасы қорғаныў министри, авиация генерал-лейтенанты Даурен Косанов; Қырғыз Республикасы қорғаныў министри, генерал-майор Руслан Мукамбетов; Тәжикстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-полковник Эмомали Собирзода; ҒМДА Қорғаныў министрлери кеңесиниң хаткери, генерал-лейтенант Юрий Дашкин; ҒМДА Бас хаткери, армия генералы Сергей Лебедев.

Мәжилис даўамында халықаралық күн тәртибиндеги әҳмиетли мәселелер, заманагөй шараятта әскерий бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм регионаллық турақлылықты тәмийинлеў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды, деп хабар бермекте ҒМДА Атқарыў комитетиниң баспасөз хызмети.

Әскерий-сиясий жағдайды таллаў, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў Бирлескен системасы ҳәм ҲҚБ жағдайды қадағалаў ҳәм баҳалаў Бирлескен системасының жумыс ислеўи мәселелерине, сондай-ақ, жаўынгерлик ҳәрекетлерди алып барыў тәжирийбесин есапқа алған ҳалда усы системаларда миллий әскерлердиң өз-ара бирге ислесиўин жетилистириўге айрықша итибар қаратылды.

Мәжилистиң тийкарғы темалары төмендегилер болды:

ҒМДА мәмлекетлериниң 2030-жылға шекемги әскерий бирге ислесиў концепциясын әмелге асырыў;

әскерий тараўда жақын ҳәм орта мүддетли перспективаға мөлшерленген биргеликтеги жумыс ўазыйпалары;

биргеликтеги әскерий системаларды раўажландырыў;

қаржы ҳәм кадрлар мәселелери, сондай-ақ, бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша тапсырмаларды белгилеў.

Мәжилис жуўмағында Қорғаныў министрлери кеңесиниң ҒМДА мәмлекетлериниң қураллы күшлерин беккемлеў ҳәм әскерий тараўдағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған қарарларына қол қойылды.

ҒМДАға ағза мәмлекетлер Қорғаныў министрлери кеңесиниң 86-мәжилиси әмелий ҳәм конструктивлик руўхта өтти.