"Өзбекнефтгаз" АЖ баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, қудықта бурғылаў жумыслары "Өзнефтгаз бураўлаў жумыслары" ЖШЖ қәнигелери тәрепинен 2025-жыл 8-сентябрь күни басланған. Бунда юра қатламлары 4940 метр тереңликке шекем қазылган.

Енди үш сутка даўамында қудықтың өнимдар қатламының тәбийғый қәсийетлери үйрениледи. Изертлеў нәтийжелери қудықтың күнлик дебитин, қатлам басымын ҳәм басқа да тийкарғы параметрлерин анықлаў имканиятын береди.

Ҳәзирги ўақытта Мойнақ кәнинде және еки қудықта бурғылаў ҳәм сынаў жумыслары даўам етпекте. Жақын күнлерде бул қудықлардан да нәтийже болыўы күтилмекте.