Илажда 30 дан аслам ири компания қатнасып, еки тәреплеме бирге ислесиўди
кеңейтиў ҳәм жаңа инвестициялық басламаларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин
билдирди.
Өзбекстан аймақларының инвестициялық потенциалы, атап айтқанда,
Қарақалпақстан, Жиззақ ҳәм Бухара ўәлаятларының экономикалық имканиятлары
дыққат орайында болды.
Тәреплер санаат кластерлери ҳәм технопарклерди шөлкемлестириў
перспективаларын, өндирис кооперациясын раўажландырыў мәселелерин ҳәр тәреплеме
додалады.
Денсаўлықты сақлаў тараўына айрықша итибар қаратылды: қатнасыўшылар Қытай
менен биргеликте қоспа медицина жойбарларын баслаў ҳәм медициналық туризмди
раўажландырыў бойынша қәдемлерди белгилеп алды.