Сөйлесиўде ўәлаят басшысы Кармана районында жумыс алып барып атырған "Иброҳим мақсум" пахташылық хожалығында климатқа бейимлескен ирригация технологиялары ҳәм суўды анық өлшеў системаларын қурыў Швейцария тәрепинен қаржыландырылғанын, Швейцария ҳүкимети тәрепинен Зарафшан дәрьясы бассейнинде климат өзгериўине шыдамлы суў ресурсларын жаратыў жойбары әмелге асырылып атырғанын атап өтти.
Аймақ тармақларының тийкарғы драйвери металлургия, химия, таў-кән ҳәм қурылыс материаллары санааты болып есапланады.
Швейцарияда машина қурылысы, фармацевтика, хызмет көрсетиўде туризм ҳәм IТ бағдарлары, сүт ҳәм сыр ислеп шығарыў, аўыл хожалығында мийўе жетистириў ҳәм шарўашылық оғада раўажланған.
Бул тараўларда өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў бойынша сөйлесиўлер өткерилди.
Дилфуза Ғуломова.




