Пәрман тийкарында социаллық қәўипли жағдайда болған балалар Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жолламасы тийкарында район (қала) лардағы Балалар мәселелери бойынша комиссияның қарары менен оқыў жылы даўамында билимлендириў шөлкемлерине жайластырылыўы мүмкин.
Онда, социаллық қәўипли жағдайдағы балалар жоллама тийкарында билимлендириў шөлкемлерине сынақсыз ҳәм қосымша имтиханларсыз бийпул қабыл етиледи.
Буннан тысқары, министрликлер ҳәм уйымлар ҳәр жылдың ақырында өзлерине қараслы билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў квотасын тастыйықлаўда социаллық қәўипли жағдайдағы балалар ушын 5 процентке шекем қосымша квота ажыратады.
Балалар мәселелери бойынша миллий комиссияға төмендеги қосымша функциялар жүкленеди:
балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша жумысты әмелге асыратуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, балалар мәселелери бойынша аймақлық комиссиялар тәрепинен қабыл етилип атырған илажлардың нәтийжелилигин үйрениў;
билимлендириў шөлкемлерине қосымша квота тийкарында қабыл етилген социаллық қәўипли жағдайдағы балалардың минез-қулқы ҳәм өзлестириўин турақлы түрде таллап барыў.