Ташкент ўәлаятында 29-сентябрь күни кеште ҳәм түнде ўақты-ўақты менен
қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
Ҳаўаның температурасы күндиз 25-28 дәреже, түнде 10-13 дәреже.
30-сентябрь ҳәм 1-октябрь күнлери республиканың айырым аймақларында,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятынан тысқары, жаўын жаўыўы,
гүлдирмама болыўы мүмкин. 2-октябрь күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди.
Бул күнлерде түнде 8-13 градус, күндиз 21-24 градус, айырым жерлерде 26
градус болады.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында бир ҳәпте даўамында
ўақты-ўақты менен жаўын жаўады. 30-сентябрь - 1-октябрь күнлери айырым жерлерде
күшли жаўын жаўыўы күтиледи. Жоқары таўлы аймақларда жаўын-шашын қарға айланыўы
мүмкин.
Самалдың бағыты
өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. 30-сентябрь ҳәм 1-октябрьде шөл
аймақлары ҳәм қублада айырым жерлерде самалдың тезлиги 14 м/с қа шекем күшейиўи
мүмкин.
Ташкентте
29-сентябрь күни кешки ўақытта ҳәм түнде ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын
жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 10-13, күндиз
25-28 дәреже болады.
30-сентябрь ҳәм
1-октябрь күнлери пайтахтымызда ўақты-ўақты менен жаўын жаўып, гүлдирмама
болыўы күтиледи. 2-октябрь күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Түнде 10-13,
күндиз 21-24 дәреже болады.
Ташкентте
самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.