Пакистан қураллы күшлери Аўғанстан пайтахты Қабул ҳәм Нангарҳар ўәлаятындағы әскерий объектлерге соққы берди. Бул ҳаққында Ислам республикасы Мәлимлеме ҳәм телерадиоеситтириў министрлиги хабар берди.

"16-март күни түнде Пакистан терроршыларды қоллап-қуўатлаўшы әскерий объектлер ҳәм инфраструктураларға, соның ишинде, Аўғанстан тәлиблери ҳәм "Фитна аль-Хавориж" топарының Кабул ҳәм Нангарҳардағы техникалық үскенелер ҳәм оқ-дәрилердиң қоймаханаларына анық соққы берди, олардан Пакистанның тыныш халықларына қарсы пайдаланылған", делинеди министрликтиң Х.деги мағлыўматлардың дурыслығын тексериў бөлиминиң хабарында.

Агентлик Аўғанстан рәсмиятының Пакистанның ҳүжими ақыбетинде нәшебентлерди реабилитациялаў орайы зыян көргени ҳаққындағы баянатын бийкарлап, оны "халықты алжастырыўға қаратылған және бир фактлердиң бузылыўы" деп атады.

Буннан алдын Аўғанстан ҳүкимети ўәкили Забиҳулла Мужоҳид Пакистан "Кабулдеги нәшебентлерди реабилитациялаў орайына соққы берип, Аўғанстанның ҳаўа кеңислигин және бир мәрте бузғаны, нәтийжеде емленип атырған нәшебентлер қайтыс болғаны ҳәм жарақатланғанын" айтқан еди.

26-февраль күни кеште Пакистан ҳәм Аўғанстан шегарасында урыслар қайта басланды. Қабул жақында Аўғанстан аймағына әмелге асырылған Пакистан авиаҳүжимлерине жуўап ретинде әскерий операция өткерип атырғанын мәлим етти. Пакистан қорғаныў министри Хаважа Асиф енди оның мәмлекети ҳәм Аўғанстандағы Талибан ҳүкимети ашық қураллы соқлығысыў жағдайында екенин мәлим етти, деп жазбақта tass.ru.