Соның ишинде, мәмлекетимиз бойынша бар мийманханалар ҳәм басқа да орналастырыў орынларында жасаў ушын 20 процентке шекем шегирмелер бериледи.

"Uzbekistan Airways" авиакомпаниясы жергиликли рейслерде 60 жастан жоқары болған ер адамлар ҳәм 55 жастан жоқары болған ҳаял-қызлар ушын эконом-класстағы барлық билетлерге 15 процентке шекем шегирме усынады.

"Өзбекстан темир жоллары" АЖ ишки жөнелислердеги поездлар (Афросиёб жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездларынан тысқары) ушын жол ҳақысының тариф бөлегине 20 процент шегирме жәриялайды.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик музейлер ҳәм Мәдений мийрас агентлиги қарамағындағы мәдений мийрас объектлерине кириў билетлерине 10 процентке шекем, "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды қарамағындағы зыярат етиў орынларына кириў билетлерине 20 процентке шекем шегирмелер енгизилди.

Илажлар кекселерди социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың бос ўақтын қызықлы өткериў, ишки туризмди раўажландырыўға қаратылған.