Ҳәр жылы өткерилетуғын биргеликтеги шынығыўлар регионаллық қәўипсизликти беккемлеў, әскерий бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм тәжирийбе алмасыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Өткерилген илаж усы жылдың 8-апрель күни Ташкент қаласында болып өткен халықаралық әскерий-илимий конференцияның логикалық даўамы болды. Ушырасыў даўамында ҳәр бир мәмлекет ўәкиллери "Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан Республикасы Қураллы Күшлери бас штаблары арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары" темасында баянат жасады. Ҳәрекетлерди муўапықластырыў, регионда турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша биргеликтеги стратегияларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.
Буннан тысқары, қатнасыўшылар тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелерин додалады, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўында биргеликтеги әскерий-илимий жумысты раўажландырыў бойынша экспертлик жуўмақлар ҳәм усынысларды көрип шықты. Регион мәмлекетлери бас штабларының илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў перспективалары додаланды.
Илаж жуўмағында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан қорғаныў уйымларының ўәкиллери бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды.
Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти.








