Бул майдан "Өзбекгеофизика" АЖ ҳәм Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги жанындағы "Нефть ҳәм газ кәнлери геологиясы ҳәм излеў институты" басқармасы тәрепинен терең излеў-бураўлаў жумыслары ушын 3D сейсмологиялық изертлеў нәтийжелери тийкарында таярланған.

Итибарлы тәрепи, қудық жәмийет ҳәм оның қурамында жумыс алып барып атырған Жойбарлаў басқармасы офисиниң маман қәнигелери тәрепинен бурғыланды. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық, бул офис сырт елдеги заманагөй нефть-газ компанияларында жумыс ислеген қәнигелерден қәлиплестирилди.

2026-жылдың 10-январь күни қудық 5265 метр тереңликте қазылып, төменги юра қатламларында 5265-5061 метр аралықта тәбийғый газ кәнлери анықланды.

Төменги юра қатламларының геологиялық дүзилисин тереңирек үйрениў ҳәм усы майданда газ резервлериниң тарқалыў шегараларын анықлаў мақсетинде 3- ҳәм 4-санлы қыдырыў-излеў қудықларын бурғылаў режелестирилмекте.