Өзбекстан аймақларында 34 жоқары технологиялы жаңа санаат жойбары әмелге асырылмақта

    Саноат[kk] 10 қазан 2025 553

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 4-октябрьдеги ПҚ-295-санлы қарарында аймақларда санаатты жедел раўажландырыў ҳәм санаат кәрханаларын экспортқа тартыў бойынша қосымша илажлар белгиленген.

    2025-2026-жылларда аймақлар санаатын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери:

    республика санаатында аймақлар санаатының үлесин 45 процентке жеткериў;

    санаатты жедел раўажландырыў бойынша жойбарлаў офислери бириктирилген районлардағы бурын өз өнимлерин экспорт етпеген 100 кәрхананы экспорт жумысына тартыў ҳәм оларды экспорт етиўши кәрханаларға айландырыў;

    аймақлық санаат штаблары тәрепинен ҳәр бир район ҳәм қаладағы қосымша резервлерди анықлаў ҳәм бағдарлаў есабынан санаат өнимлерин ислеп шығарыўды қосымша 5 процентке арттырыў;

    аймақларда 34 жоқары технологиялық санаат жойбарын әмелге асырыў есабынан санаатта технологиялық өнимлердиң үлесин 25 процентке жеткериў ҳәм 3,5 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў;

    ҳәр бир район ҳәм қалада 5 ке шекем санаат "өсиў ноқаты"н шөлкемлестириў;

    санаат кәрханаларының системалы машқалаларын "республика - ўәлаят - район" принципи тийкарында республикалық дәрежеде жедел шешиў.

    Ҳүжжет пенен:

    2025-2026-жылларда аймақлар кесиминде санаат өнимлерин ислеп шығарыўдың өсиў пәтлериниң мақсетли көрсеткишлери;

    2025-2026-жылларда район ҳәм қалаларда санаат өнимлерин ислеп шығарыў бағдарында әмелге асырылатуғын 316 жойбар бойынша микробағдарлама көрсеткишлери;

    2025-2026-жылларда әмелге асырылатуғын 34 жоқары технологиялы жаңа санаат жойбарларының мәнзилли дизими.

    Санаат кәрханаларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў.

    2026-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем:

    санаат кәрханалары хызметкерлериниң орташа айлық мийнет ҳақысының муғдары ҳәр бир хызметкер ушын айына БЕМның бир есесине шекем болған муғдарда, хызметкерлердиң жол ҳәм аўқатланыў қәрежетлерин есапқа алған ҳалда, ең кеминде еки есапланған мийнет ҳақының муғдары социаллық салық базасынан шегирме етиледи;

    өз мүтәжликлери ушын гипс шийки затын қазып алыў ҳәм олардан таяр қурылыс материалларын ислеп шығарыўды әмелге асырыўшы кәрханаларға гипс қазып алыў ушын ажыратылған жерлерден пайдаланғаны ушын салық 50 процентлик ставкада салынады.

    Сондай-ақ, барлық цемент кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған цементтиң кеминде 50 процентин биржаға сатыў талабы 25 процентке қысқартылмақта.

    Сондай-ақ, төмендеги қәрежетлер қаплап бериледи:

    4 аймақта қәнигелесиў бойынша санаатты раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ушын сырт ел консалтинг компанияларын тартыў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ ҳәр бир аймақ ушын эквиваленти 250 мың АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда;

    Жеке меншик санаат кәрханаларында энергия аудитин өткериў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ ҳәр бир кәрхана ушын 100 млн сумнан аспаған муғдарда;

    Басқарыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў қәрежетлериниң 100 проценти, соның ишинде, ресурсларды анық баҳалаў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў методологиясы, бирақ ҳәр бир кәрхана ушын 20 млн сумнан көп болмаған муғдарда.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 09.10.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates