Жойбар Өзбекстан Президентиниң шығындыларды қайта ислеў бойынша заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм альтернатив энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша берген тапсырмаларына муўапық әмелге асырылмақта.
Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлиги менен Қытайдың Beijing China Science Runyu Environmental Technology (CSET) компаниясы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Илажда инвесторлар, Жоқарғы Кеңес, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жойбарға тиккелей сырт ел инвестицияларының көлеми дерлик 80 миллион АҚШ долларын қурайды, кәрхананың жумыс ислеў мүддети 30 жылға мөлшерленген.
Завод жылына 274 мың тонна қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеў ҳәм 80 млн кВт саатқа шекем электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болыўы режелестирилген. Объект пайдаланыўға тапсырылғаннан соң 100 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.
Бундай жойбарлар алдын Бухара ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында басланған, Хорезм ўәлаятында да әмелге асырылыўы режелестирилген еди.
Бундай жойбарлардың раўажланыўы шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, айланба экономиканы раўажландырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиўге хызмет етиўи күтилмекте.