Илажда Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Өзбекстан, сондай-ақ, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Антитеррор орайы ҳәм Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.
Мәжилис даўамында Комиссия ағзалары мәмлекетлер аймағында нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар; миграция ағымлары үстинен қадағалаўды күшейтиў; миллий миграция нызамшылығындағы өзгерислер ҳәм оны бузғаны ушын жуўапкершилик ҳаққындағы мәлимлемелер менен алмасты, деп хабар бермекте ҒМДА Атқарыў комитетиниң баспасөз хызмети.
ҒМДА АПО ўәкили Дослық Аўқамы аймағындағы заманагөй терроршылық қәўип-қәтерлер ҳаққында мағлыўмат берди.
Мәжилистиң тийкарғы қарарлары ҳәм усыныслары:
миграция уйымларының рәсмий сайтларында сырт ел пуқаралары ушын кириў ҳәм болыў қағыйдалары көрсетилген еслетпелерди жайластырыў әмелиятын даўам еттирсин;
нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў бойынша тәжирийбе алмасыў;
шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды есапқа алыў ҳәм дизимге алыўға итибар бериў;
ҒМДА мәмлекетлери менен реадмиссия бойынша алдын тастыйықланған Методикалық усыныслардан пайдаланыў;
сырт ел пуқараларын нызамсыз легалластырыў ҳәм натурализациялаў механизмлерин, сондай-ақ, оларға қарсы илажларды додалаў;
ўәкилликли уйымлардың хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды жетилистириў;
Мәмлекетлер аралық мәлимлеме банкиниң жумысын жеделлестириў.
Сондай-ақ, мәжилис қатнасыўшылары Самарқанд ўәлаяты ИИБ ситуациялық орайында болып, нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў ҳәм туризм объектлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың әмелий тәреплери менен танысты.
Қоспа комиссияның гезектеги мәжилиси 2026-жылдың екинши ярымында Қазақстанда өткерилиўи режелестирилген.











