Самарқандта ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлери басшылары кеңесиниң 57-мәжилиси болып өтпекте

    16 қазан 2025 1283

    2025-жыл 16-октябрь күни Самарқанд қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлери басшылары кеңесиниң 57-мәжилиси өз жумысын баслады. Быйылғы илаж Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

    Мәжилистиң ашылыўында қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қутлықлаўы оқып еситтирилди. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң қутлықлаўында Кеңестиң ҳәр жылғы мәжилислери терроризм, экстремизм, наркотиклердиң нызамсыз айланысы, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм басқа да әҳмийетли қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде өз-ара бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын беккем тийкар жаратқанын атап өтти.

    Президентимиз Орайлық Азия регионында қәўипсизликке тәсир көрсетип атырған бир қатар факторларға итибар қаратты. Аўғанстандағы турақсызлық, халықаралық террористлик топарлардың жеделлесиўи, трансшегаралық жынаятшылық, наркотрафик сыяқлы машқалалар солардың қатарына киреди. Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жасалма интеллекттен бузғыншы мақсетлерде пайдаланыўдың алдын алыўда бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

    Глобал қәўипсизлик шараятында Шавкат Мирзиёев Жақын Шығыс ҳәм қоңсылас регионлардағы келиспеўшиликлерден қәўетерленип атырғанын билдирди. Бул процесслер экономикалық ҳәм азық-аўқат турақлылығына унамсыз тәсир көрсетпекте, энергия ресурслары баҳаларының артыўына себеп болмақта, энергетика ҳәм транспорт тараўларында миллий ҳәм халықаралық жойбарларды әмелге асырыўға тосқынлық етпекте, жәҳән базарында наҳақ бәсекини күшейтпекте.

    Мәмлекетимиз басшысы заманагөй қәўип-қәтерлер шараятында ҒМДА мәмлекетлери арнаўлы хызметлериниң буннан былай да конструктивлик бирге ислесиўи ҳәм ҳәрекетлерин бирлестириў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Экономика, энергетика, транспорт ҳәм коммуникация системаларының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў бойынша биргеликте жумыс алып барыў әҳмийетли екенин атап өтти.

    Мәжилис жуўмағында тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм биргеликтеги басламаларды келисиў илажларын додалаўды даўам еттиреди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates