тийкарғысы:
- бул тарийхый илаж соңғы 40 жылда биринши мәрте ЮНЕСКОның Париждеги бас резиденциясынан тысқарыда ҳәм биринши мәрте Орайлық Азияда болып өтпекте. Сессия шөлкемге тийкар салынғанының 80 жыллығына туўра келеди;
- 43-сессия регион тарийхындағы ең ири халықаралық форумлардан бири болады. Онда 190 ағза мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлерден 2 мың 800 ден аслам ўәкил, соның ишинде, 70 ке шамалас жоқары лаўазымлы шахслар қатнасады;
- Салтанатлы ашылыў мәресиминде елимизде сапар менен болып турған Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм Словакия Республикасы Президенти Петер Пеллегрини ҳүрметли мийманлар сыпатында қатнасады;
- Самарқанд сессиясы шеңберинде 150 ден аслам ҳәр қыйлы илажлар, соның ишинде, Өзбекстанның басламасы менен 20 дан аслам илажлар өткериледи;
- Ашылыў мәресиминде Президент Шавкат Мирзиёев қатнасады ҳәм шығып сөйлейди;
- Президентимиз форум шеңберинде Словакия Президенти Питер Пеллегрини ҳәм ЮНЕСКОның Бас директоры Одри Азуле менен еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди;
- ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы жумысын дүньяның жетекши ҳәм миллий ғалаба хабар қуралларының 500 ден аслам журналистлери бақлап барады. Самарқандта олардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын барлық шараят жаратылған.






