Қарарға муўапық, "Агробанк" акционерлик коммерциялық банки тәжирийбе тәризинде 2026-жылдың ақырына шекем банктиң Қарақалпақстан Республикасындағы филиалларының биреўинде ҳәм ҳәр бир ўәлаятта агрохызметлер зоналарын шөлкемлестиреди.

"Агробанк"ке аўыл хожалығы кәрханаларын қоллап-қуўатлаў бойынша төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленеди:

аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде жаңа заманагөй интенсив технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў;

жасалма интеллект, аралықтан мониторинг ҳәм «big data» технологиялары тийкарында банк ҳәм аўыл хожалығы хызметлерин раўажландырыў.

Егислик майданлары, космослық мағлыўматлар, ҳаўа-райы, өсимликлердиң раўажланыў жағдайы бойынша мониторинг мағлыўматларын орайласқан ҳалда таллаў мақсетинде Аўыл хожалығы мониторинги орайы шөлкемлестириледи.

"Агробанк" арқалы халықтың шаңарақлары, қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларына әнжир, қурма, алма ҳәм алмурт жетистириў ушын жыллық 18 процент ставкада 24 айлық жеңиллетилген дәўир менен 84 ай мүддетке кредитлер ажыратылады.