Ушырасыўда Өзбекстанның
агросанаат тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, сүт ҳәм
кондитер өнимлерин ислеп шығарыўды локализациялаў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Өзбекстанға ҳәр
жылы 7 мың бас нәсилли голштин нәсилли қарамалды алып келип, аймақлардағы
мәҳәллелердеги шаңарақларға тарқатыў усынысы билдирилди. Бул нәсилли
сыйырлардың өнимдарлығы жоқары болып, айырым жағдайларда суткасына 40 литрден
аслам сүт беретуғынлығы атап өтилди.
Бул жойбардың әмелге
асырылыўы шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, халық ушын турақлы дәрамат
дәреклерин жаратыў, шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыўға хызмет етеди.
Ушырасыўда усы жылы Россияда ғәлледен жоқары өним
алыныўы мүнәсибети менен Өзбекстанға Каспий теңизи арқалы 500 мың тонна бийдай
жеткерип бериў имканиятлары да додаланды.
Атап айтқанда, Астрахань ҳәм Махачқала портларынан
пайдаланған ҳалда логистика маршрутларын шөлкемлестириў мәселелери көрип
шығылды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бул бағдарларда бирге
ислесиўди даўам еттириў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыўдың анық
механизмлерин ислеп шығыўға келисип алды.