Додалаўда Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил, ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри, Жаслар ислери агентлиги директоры ҳәм 200 эколог белсендилер қатнасты. Илажға 400 ден аслам жигит-қыз онлайн түрде қосылды.
Сөйлесиў балалар ҳуқықларын үгит-нәсиятлаў, олардың социаллық, билимлендириў ҳәм экологиялық мәселелерди шешиўдеги қатнасыўына бағышланды.
Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева қатнасыўшыларды қутлықлап, мәмлекетимизде балалардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Ол денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, социаллық қорғаў ҳәм айрықша жәрдемге мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў тараўларында ерисилген жетискенликлер ҳаққында айтып берди.
Балалар ҳәм жаслар ушын саламат ҳәм турақлы орталық жаратыў, экологиялық мәденият ҳәм жуўапкершиликти қәлиплестириў жумысларына айрықша итибар қаратылды. "Замин" халықаралық жәмийетлик фондының жәрдеминде әмелге асырылып атырған "Өзбекстан экомектеплери" жойбарында 258 мектеп ҳәм 492 оқыўшы белсене қатнасып атырғаны атап өтилди.
Балалардың экологиялық билимлери ҳәм ҳуқықларын беккемлеў бойынша миллий платформалар жаратылды, жаслардың климат өзгериўи ҳәм жасыл технологиялар мәселелери бойынша компетенциялары кеңейтилмекте.
Илаж шеңберинде балаларға экологиялық ҳуқықларды қорғаў, климат өзгериўине бейимлесиў бойынша инновациялық шешимлер ислеп шығыў ҳәм белсенди пуқаралық позициясын көрсетиўге қаратылған өз баслама ҳәм жойбарларын усыныў имканияты берилди.