Сөйлесиўде өзбек ҳәм тәжик халықларын улыўма тарийх, дин, мәденият, улыўма қәдирият ҳәм дәстүрлер бирлестирип туратуғыны атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң сиясий ерк-ықрары еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў ҳәм тереңлестириў тийкары сыпатында шешиўши әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында Елшиниң Өзбекстандағы табыслы ҳәм нәтийжели жумысы жуўмақланды. Кейинги жылларда Өзбекстан - Тәжикстан қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге үлкен үлес қосқаны атап өтилди.
Парламентлераралық бирге ислесиўди, соның ишинде, халықаралық парламент структуралары шеңбериндеги байланысларды буннан былай да беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, еки тәреплеме сөйлесиўди жеделлестириўде парламентлердиң роли артып баратырғаны атап өтилди.
Ушырасыў соңында Сенат Баслығы Елшиниң келешектеги дипломатиялық жумысына табыслар тиледи.