Бул ҳаққында Америка ғалаба хабар қураллары Федерал пуқаралық авиация басқармасына (FAA) тийкарланып хабар бермекте, деп жазбақта “Report”.

“Cessna 150H самолёты сәршемби күни Карлайл аэропортында Пенсилвания штаты полициясының Bell 407GX вертолёты менен соқлығысқан. Вертолёт режели шынығыў операциясын өткерип, ушыў-қоныў жолына қонды. Cessna вертолёт изинен келип, оған артынан урылған", - делинеди FAA хабарында.