Анықланыўынша, 2026-жыл 24-январь күни саат 19:40 шамасында Стамбул қаласының Шишли районында шығындылар арасынан затларды жыйнап жүрген жергиликли пуқара шығынды контейнеринен орамланған денени таўып алып, бул ҳаққында дәрҳал ҳуқық қорғаў уйымларына хабар берген. Дәслепки тексериў даўамында марҳумның басы жоқ екенлиги анықланған.
Бас консуллық тәрепинен Түркия ҳуқық қорғаў уйымлары, суд-медициналық экспертизасы ҳәм прокуратурасы менен биргеликте өткерилген тексериўлер нәтийжесинде марҳумның Өзбекстан Республикасы пуқарасы Дурдона Ҳакимова екенлиги анықланды.
Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасының еки пуқарасы усланды. Олар Түркия аймағынан шығып, Грузияға авиарейс пенен ушпақшы болған ўақытта қолға алынған.
Бас консуллық хызметкерлери марҳумның туўысқанлары менен байланыс орнатып, оларға зәрүр консуллық-ҳуқықый жәрдем көрсетпекте.
Тергеўдиң барысы Бас консуллық тәрепинен қадағалаўға алынған. Рәсмий дәреклер арқалы жумыс бойынша қосымша мағлыўматлар бериледи.