Қарарға бола, төмендеги категориядағы шахсларға 1 млн сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи:
"Мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" категориясы бойынша Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға;
өзгелердиң күтимине мүтәж жалғыз баслы ҳәм жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың реестрине киргизилген пуқараларға;
жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар жасап атырған шаңарақларға.
Социаллық реестрге киргизилген, "кәмбағал шаңарақ" категориясындағы, сондай-ақ, "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен қәлиплестирилген қосымша дизимдеги жәрдемге мүтәж шаңарақларға 500 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи.
Сондай-ақ, "Социаллық реестр"деги 6 мың наўқас шаңарақ ағзаларының емлениўи ҳәм хирургиялық операциялардың қәрежетлери қаплап бериледи.
2026-жыл 1-мартқа шекем Дизим тийкарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары шаңарақлардың социаллық карталарына ямаса банк пластик карталарына өткерип бериледи.