Бул ҳаққында Шығындыларды басқарыў ҳәм айланба экономиканы раўажландырыў агентлигиниң баспасөз хызмети хабар берди.
Басқарма мағлыўматларына бола, Өзбекстан пайтахтында ҳәр күни 3000−3500 тонна шығынды жыйналмақта. Соннан 0,1% и нан ҳәм азық-аўқат өнимлерине туўра келеди.
2025-жылы қалада жәми 1,1 миллион тонна шығынды жыйналған. Шығындыларды тасыў бойынша абонентлер саны 755 мың адамды қурайды. Көрсетилген хызметлер ушын қарыздарлық 19,9 млрд сумға жеткен.
"Агентликтиң түсиндириў жумыслары себепли шығындыға тасланып атырған нан ҳәм азық-аўқат өнимлериниң көлеми сезилерли дәрежеде азайды. Олар ушын барлық шығынды жыйнаў пунктлеринде өз алдына контейнерлер орнатылған", - деп атап өтти агентлик.