Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бюрократия, әўерегершилик ҳәм халық және бизнес ушын басқа да ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Кейинги жыллары мәмлекетимизде бюрократияны сапластырыўға қаратылған 9 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир портал ҳәм "Санлы ҳүкимет" системасы жаратылды. Бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлер саны 1040 ға жетти.
- Бюрократияны сапластырыў мақсетиниң тийкарында ҳәр бир қарар, ҳәр бир хызмет, ҳәр бир процесс инсан мәпине хызмет етиўи керек, деген әҳмийетли принцип бар,-деди Президент.
Форум шеңберинде анық илажлар додаланып, әҳмийетли келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкиметлери арасында нәтийжели басқарыў тараўында бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы Президентиниң стратегиялық раўажланыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Сардор Умурзоқов ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдулла ал-Гаргавий қол қойды.
Меморандум электрон ҳүкиметти раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў имканиятларын кеңейтиў, басқарыўды жетилистириў, институционаллық потенциал ҳәм кәсиплик көнликпелерди беккемлеўге қаратылған. Ҳүжжет тәреплердиң өз-ара келисимине бола бирге ислесиў мүддетин созыў ҳәм тараўларды кеңейтиў имканияты менен 5 жылға дүзилген.