"Бүгинги күн Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық қатнасықлары тарийхында ҳақыйқатында да әҳмийетли ҳәм унамлы басқышты белгилейди, - деп жазған Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов телеграм-каналында. - Қырғызстан ҳәм Тәжикстаннан келген ҳүрметли кәсиплеслерим менен бирге мәмлекетлеримиз арасындағы Мәмлекетлик шегаралардың тутасқан жери ҳаққындағы шәртнаманы ратификациялаў ҳаққындағы ҳүжжетлерди алмасыў ҳаққындағы протоколға қол қойдық.
Бул әҳмийетли қәдем конструктивлик сөйлесиў, өз-ара исеним ҳәм ҳүкиметлеримиздиң регионда тынышлық, турақлылық ҳәм тилеклесликти беккемлеў жолындағы улыўма умтылысларының нәтийжеси болып есапланады.
Ратификациялаў процесиниң жуўмақланыўы өткир мәселелерди дипломатия, ҳүрмет ҳәм узақты гөзлеў арқалы биргеликте шеше алатуғынымызды көрсетеди.








