Сапар даўамында ҳүрметли мийман Ташкент қаласындағы Балалар миллий медицина орайында болып, бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.
Сондай-ақ, орайда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев, денсаўлықты сақлаў министри Асилбек Худояров ҳәм Корея Республикасының Ко Юн Чеол басшылығындағы делегациясы қатнасыўында ушырасыў болып өтти.
Кейинги жыллары еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықлар денсаўлықты сақлаў тараўында да жедел раўажланып, қоспа жойбарлар ушын жаңа имканиятлар ашылып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан Президентиниң басламасы менен 2020-жылы қурылған, баҳасы 130 миллион доллар болған Балалар миллий медицина орайы Корея Республикасы менен биргеликтеги ең ири жойбарлардан бири болып есапланады. Корея тәрепиниң ўәкили орайдың жумысына жоқары баҳа берди.
Ҳәзирги ўақытта оның аймағында Корея экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў фонды (EDCF) менен биргеликте жаңа емлеўхана қурыў режелестирилген.
Жойбардың улыўма баҳасы 149,8 миллион доллар болып, соннан 124 миллион доллары Корея Эксимбанки тәрепинен кредит, 25,8 миллион доллары Өзбекстанның үлеси есапланады.
300 орынға ийе болған төртинши дәрежели заманагөй медицина клиникасы 700 ден аслам жумыс орнын жаратыў, жылына 8,5 мыңға шекем жоқары технологиялық операцияларды әмелге асырыў имканиятын береди.
Делегация жаңа комплекс қурылысының барысы менен де танысты.
Ушырасыў соңында тәреплер Ташкент қаласында EDCF менен бирге ислесиў шеңберинде 424,3 миллион долларлық медицина кластерин шөлкемлестириў бойынша усынысларды додалады.