Илажлар Корея Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Форум мәмлекетлик уйымлар, дипломатиялық корпус, Корея компаниялары ҳәм исбилерменлер жәмийетшилигиниң ўәкиллерин бирлестирди. Ушырасыўда Өзбекстанда жумыс алып барып атырған корейс компанияларының корпоратив социаллық жуўапкершилик жойбарларын әмелге асырыўдағы әҳмийетли орны атап өтилди.

Қатнасыўшылар ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў, экологиялық жойбарларды раўажландырыў, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған басламаларға айрықша итибар қаратты. Бир қатар компаниялар, соның ишинде, KDB Bank ҳәм Uzkogaschemical корпоратив социаллық жуўапкершиликти раўажландырыўға қосқан үлеси ушын сыйлықланған.

Корея исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси шеңберинде Өзбекстан-Корея шериклигиниң стратегиялық әҳмийети атап өтилди. Еки тәреплеме саўда көлеми 2 миллиард АҚШ долларына жеткени, инвестициялардың улыўма көлеми 8 миллиард доллардан артқаны, Өзбекстанда Корея капиталының қатнасыўында 691 кәрхана жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер инвестициялар, санаат кооперациясы, технологиялар, инфраструктура ҳәм инсан капиталын раўажландырыў тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин тастыйықлады.