Мәжилисте Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Спикери У Вон Сик, Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилисиниң Баслығы Ерлан Кошанов, Тәжикстан Республикасы Олий Мажлиси Намояндагон Мажлиси Баслығының орынбасары Гиёзода Азиз, Қырғыз Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дуйшанкул Чотонов, сондай-ақ, Түркменстанның Өзбекстандағы елшиханасының ўақытша ўәкилханасы Сапа Аннаоразов қатнаспақта.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева жалпы мәжилисте шығып сөйлеген сөзинде бул ушырасыў Орайлық Азия регионында қәлиплесип атырған жаңа сиясий динамика, парламентлераралық исеним ҳәм қарым-қатнасты беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Кейинги жылларда Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы жоқары дәрежедеги сөйлесиў системалы түрге енип, регионның дүнья көлеминдеги орнын беккемлеп атырғаны, бул процесстиң әҳмийетли тийкары сыпатында парламентлераралық бирге ислесиў қәлиплесип атырғаны атап өтилди.

Парламент басшылары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде турақлы өткерилип атырған ушырасыўлардың әҳмийетин атап өтип, бул формат Орайлық Азия ҳәм Корея Республикасын байланыстыратуғын әҳмийетли сөйлесиў майданына айланғанын атап өтти.

Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасы парламентлери басшыларының үшинши мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.