Мәжилис алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң илаж қатнасыўшыларына қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Илажда бул мәжилис ҳуқық қорғаў уйымларының бирге ислесиўин беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўин жетилистириў ушын әҳмийетли майдан екени атап өтилди.
Мәжилисте тийкарғы итибар прокуратура уйымларының жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, санлы криминалистиканы раўажландырыў, киберқәўипсизлик тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине қаратылды.
Мәжилис жуўмағында қатнасыўшылар биргеликтеги жумыслардың тийкарғы бағдарлары белгиленген ҳәм ҳуқықый бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилген декларацияны қабыл етти.
ТМШ Бас прокурорлары кеңесиниң гезектеги 5-мәжилисин Қазақстанда өткериўге қарар етилди.








