Онда Өзбекстан Президентиниң спорт мәселелери бойынша ўәкили Одил Абдураҳмонов, Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм Миллий олимпиада комитети басшылары, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан жаслар ҳәм спорт министрлери, Венгрияның Өзбекстандағы консулы, Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары қатнасты.
Қатнасыўшылар ушырасыў жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Ири халықаралық жарыслар алдынан миллий сайланды командалардың қатнасыўында қоспа оқыў-шынығыўлар өткериў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.









