Ташкентте Орайлық Азия саўда ҳәм инвестициялар министрлери кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти

    Бизнес 13 қараша 2025 316

    2025-жыл 13-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен өткерилген Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан саўда ҳәм инвестиция министрлери кеңесиниң биринши мәжилиси шөлкемлестирилди.

    Илаж регион еллери арасында саўда, инвестициялар ҳәм санаат кооперациясы тараўларында әмелий бирге ислесиўди беккемлеў, өз-ара товар алмасыўды көбейтиў ҳәм кооперациялық өндирислерди шөлкемлестириў бойынша биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға қаратылды. Мәжилис регионаллық экономикалық қарым-қатнасты институционалластырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң тәсиршең механизмлерин қәлиплестириўде әҳмийетли қәдем болды.

    Мәжилисте Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, Қазақстан Республикасы саўда ҳәм интеграция министри Арман Шакалиев, Тәжикстан Республикасы экономикалық раўажланыў ҳәм саўда министри Завқий Завқизода, Түркменстан саўда ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар министри Назар Ағаханов, Әзербайжан Республикасы экономика министриниң биринши орынбасары Эльнур Алиев және Қырғызстан Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дуйшенқул Чотоновлар қатнасты.

    Мәжилис даўамында Орайлық Азия мәмлекетлериниң саўда ҳәм инвестиция министрлери өз-ара саўда ҳәм санаат интеграциясын раўажландырыўға қаратылған комплексли илажларды додалады. Регион мәмлекетлери арасындағы товар алмасыўды 20 миллиард долларға жеткериў ушын жумысшы қуралларды жаратыў, «Made in Central Asia» бренди астында қоспа өндирис майданларын қәлиплестириў, сондай-ақ, қоспа инфраструктуралық ҳәм санаат жойбарларын әмелге асырыўға халықаралық финанс институтлары ҳәм ири инвесторларды тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы өз-ара саўда турақлы унамлы пәтти көрсетип атырғаны атап өтилди. 2017-жылы товар алмасыў көлеми 3,2 миллиард долларды қураған болса, 2024-жылға келип еки еседен зыятқа көбейди ҳәм 6,9 миллиард долларға жетти. Атап айтқанда, Қазақстан менен товар алмасыў көлеми 4 миллиард долларға жақынласпақта, Қырғызстан менен - 700 миллион, Тәжикстан менен - 570 миллион, Түркменстан менен болса соңғы бес жылда еки еседен аслам - 1,15 миллиард долларға жетти. Әзербайжан менен саўда сезилерли дәрежеде өскен - жылдың басынан берли 13 процент.

    Мәжилис даўамында бажыхана ҳәм шегара тәртип-қағыйдаларын буннан былай да оптималластырыў, транспорт-логистика инфраструктурасын синхронластырыў, регион мәмлекетлериниң өндирис шынжырларын бирлестире алатуғын индустриал хабларды жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Санаат кооперациясы, шийки зат ҳәм технологиялық потенциалды биргеликте өзлестириў, жоқары қосымша қунлы таяр өнимлер экспортын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Мәжилис жуўмағында экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, кооперация ҳәм биргеликтеги өндирислерди раўажландырыў, сондай-ақ, инвестициялық бирге ислесиўдиң жаңа механизмлерин жаратыў бойынша әҳмийетли келисимлер белгиленген қоспа коммюникеге қол қойылды.

    Илаж конструктивлик ҳәм исбилерменлик руўхында өтип, Орайлық Азия мәмлекетлериниң шерикликти буннан былай да беккемлеў ҳәм регионды санаат ҳәм инвестициялық өсиўдиң ең жедел орайларынан бири сыпатында биргеликте алға қойыўға умтылысын тастыйықлады.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates