Тяньцзин форумында Өзбекстанның инвестициялық ҳәм экспорт потенциалы таныстырылды

    Бизнес 23 қараша 2025 344

    Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги елимиздиң експорт ҳәм инвестициялық потенциалын үгит-нәсиятлаў мақсетинде түрли мәмлекетлерде ири көргизбелер ҳәм инвестициялық форумларды системалы шөлкемлестирмекте.

    Усындай илажлардан бири 22-ноябрь күни Тяньцзин қаласында болып өткен Өзбекстан-Қытай саўда-экономикалық форумы болып, ол ИРВның Қытайдағы ўәкилханасы тәрепинен шөлкемлестирилди.

    Форум жумысында еки мәмлекет мәмлекетлик структуралары, исбилермен топарлары ҳәм исбилерменлик ассоциацияларының 400 ден аслам ўәкили қатнасты.

    Қатнасыўшыларға Өзбекстанның тартымлы инвестициялық орталығының әмелий тәреплери: бизнес жүргизиў ушын қолайлы шараятлар, инвесторларға берилип атырған жеңилликлер ҳәм преференциялар, экономиканың әҳмийетли тармақларында бирге ислесиў перспективалары толық таныстырылды.

    Форум шеңберинде «Made in Uzbekistan» миллий стенди шөлкемлестирилди. Онда жергиликли ислеп шығарыўшылардың экспортқа қолайлы өнимлери, кәрханалардың өндирислик имканиятлары, Өзбекстанның туризм потенциалы таныстырылды.

    Илаж жуўмағында қытайлы инвесторлар менен G2B форматында ушырасыўлар өткерилди. Өзбекстан энергетика, инфраструктура, химия санааты, тоқымашылық тармағы, агросанаат комплекси, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм логистика тараўларындағы жойбар усынысларын таныстырды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates