Жойбарда 2025-жылға шекем Ташкент қаласы ушын 200 электробус ҳәм зарядлаў үскенелерин сатып алыў нәзерде тутылған. Оның мақсети - климат өзгериўине бейимлесиў, углерод нейтраллығына ерисиў ҳәм "жасыл жойбарлар"ды енгизиў.
Ең жақсы усыныслар таңлаўының жеңимпазы Қытайдың «YUTONG BUS Co., Ltd.» компаниясы болып, усы компания менен техника жеткерип бериў бойынша шәртнама дүзилген. Жойбар Қытай Эксимбанки ҳәм "Өзсанаатқурылысбанк" АКБ қаржылай жәрдеминде әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта Қытайдың Хоргос қаласынан Қазақстан арқалы Өзбекстанға 100 дана электробус жиберилди. Қалған электробуслар усы жылдың сентябрь айының ақырына шекем республикамызға алып келиниўи режелестирилген.









