Президентимиздиң 17.04.2024-жылдағы ПҚ-161-санлы қарарына муўапық MSK-64 шкаласы бойынша 8 балл ҳәм оннан жоқары болған сейсмикалық белсенди аймақларда қурылысы режелестирилип атырған жаңа имаратлардың сейсмикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўде заманагөй көзқараслардан пайдаланыў, сондай-ақ, имарат ҳәм объектлердиң сейсмикалық шыдамлылығын және де арттырыў бойынша заманагөй система жаратыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, қурылысы режелестирилип атырған ҳәм қәўиплилиги III-IV категориядағы объектлердеги имарат ҳәм объектлердиң көтериўши конструкцияларын автоматикалық мониторинг етиў үскенелери орнатылады.
Соның менен бирге, аймақтың жер силкиниўге шыдамлылығын сәўлелендиретуғын регионаллық акселерограммалардың мағлыўматлар базасы тийкарында қәўиплилиги III-IV категориядағы объектлерди жойбарластырыў ҳәм қурыў тәртиби енгизилмекте.
2026-жыл 1-февральдан баслап:
Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 15-октябрьдеги 603-санлы қарары талапларына муўапық берилетуғын сейсмикалық илимий жуўмақ ушын төлем муғдары 50 процентке азайтылады;
бир сериядағы объектлер бойынша илимий жуўмақлар тек ғана бир мәрте бериледи ҳәм бир түрдеги қалған объектлердиң жойбарлары бойынша илимий жуўмақ берилгенлиги ушын төлем өндирилмейди.
Ҳүжжет пенен:
Сейсмикалық қәўипсизликти тәмийинлеў системасын жетилистириў ҳәм имарат-объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығын арттырыў бойынша "жол картасы";
MSK-64 шкаласы бойынша 8 ҳәм оннан жоқары баллға ийе болған сейсмикалық белсенди аймақлар дизими.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».








