Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-марттан баслап:
- исбилерменлердиң турақлылық рейтингин анықлаўда суд тәрепинен интеллектуаллық мүлкке байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажларының қолланылыўы рейтинг баллын төменлетиўши, товар белгилери ҳәм хызмет көрсетиў белгилери болса қосымша балл бериўши көрсеткиш есапланады.
- интеллектуаллық мүлк объектлериниң қорғаў ҳүжжетлериниң (гүўалық, патент) дубликатлары төлемли түрде онлайн тәризде бериледи.
Сондай-ақ, "Интеллектуаллық мүлк тараўын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын" көкирек белгиси шөлкемлестирилмекте.
Төмендеги оқыў орынларында "интеллектуаллық мүлк объектлерин басқарыў" қәнигелиги бойынша жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў жолға қойылады:
- 2026/2027-оқыў жылынан баслап - Өзбекстан Миллий университетинде;
- 2029/2030-оқыў жылына шекем - кеминде 4 жоқары билимлендириў мәкемесинде.
2026-жылдан баслап ҳәр жылы "Ең жақсы ойлап табыў", "Ең жақсы пайдалы модель", "Ең жақсы санаат үлгиси", "Ең жақсы ЭЕМ ушын бағдарлама ҳәм мағлыўматлар базасы", "Ең жақсы селекциялық жетискенлик" номинациялары бойынша республикалық таңлаў өткериледи.
Таңлаў жеңимпазларына ҳәр бир номинация бойынша 1, 2 ҳәм 3-орынлар ушын базалық есаплаў муғдарының 150, 125 ҳәм 100 есеси муғдарында сыйлық төленеди.