Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен тастыйықланған мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылмақта.

Портал арқалы пуқаралар төмендеги имканиятларға ийе болады:

өзиниң атына рәсмийлестирилген банк карталарының санын көрип шығыў;

дизимнен өткерилген SIM карта ҳаққында мағлыўмат алыў;

зәрүр жағдайларда карта ямаса номерди блоклаўға арза бериў.

Мағлыўматларды оператив ҳәм қәўипсиз алмасыўды тәмийинлеў мақсетинде порталдың реал ўақыт режиминде банклер ҳәм мобил байланыс операторларының мәлимлеме системалары менен интеграциясы шөлкемлестириледи.