"Шаңарақ ҳәм гендер" илимий-изертлеў институтының мағлыўматларына бола, узақ жасаўшылардың 56,5 проценти қалаларда, 43,5 проценти аўыллық жерлерде жасайды.
Статистикалық мағлыўматлар Өзбекстанда ҳаял-қызлар көбирек жасайтуғынын және бир мәрте тастыйықлайды:
Узақ жасағанлардың 66,3%и ҳаял-қызлар,
34,6% еркеклер.
90 жастан жоқары жасаўшылардың ең көп саны төмендеги аймақларда дизимге алынған:
Ферғана ўәлаяты - 2 582 адам;
Ташкент - 2 155 адам;
Қашқадәрья ўәлаяты - 2 011 адам;
Сурхандәрья ўәлаяты - 1 799 адам;
Ташкент ўәлаяты - 1 740 адам;
Қәнигелер өсиўди бир неше факторлар менен түсиндиреди: туўылыў дәрежеси жоқары болған 1935-1950-жылларда туўылған әўладтың кексе жасқа жетиўи; өмир даўамлылығының артыўы.
Мәселен, 2010-жылы туўылыўдан күтилип атырған өмир даўамлылығы 73 жасты қураған болса, 2024-жылы 75,1 жасты қурады.
"Шаңарақ ҳәм гендер" институтының изертлеў нәтийжелери бойынша: 76,3% респондентлер жедел социаллық турмыс физикалық ҳәм руўхый саламатлықты сақлаўға жәрдем береди, деп есаплайды; 38,8% узақ жасаўды генетикалық ҳәм шаңарақлық дәстүрлер менен байланыстырады.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, Өзбекстанда узақ жасаўшылар санының жыллық өсиўи төмендегилерди сәўлелендиреди:
саламат турмыс тәризин беккемлеў,
халықтың социаллық белсендилиги,
шаңарақлық қатнасықлардың турақлылығы.