Режеге муўапық, кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзаларына тоғай фонды жерлеринде егилген ҳәм жетистирилген ҳәр 100 терек ушын БЕМниң 1 есеси муғдарында субсидия ажыратылады.
Талабан таңланған майданда жер участкасын таярлаўды тоғай хожалығы шөлкеми тәрепинен тайынланған жуўапкер хызметкердиң (устаздың) усыныслары ҳәм көрсетпелерине муўапық әмелге асырады, терек нәллерин егиў ҳәм тәрбиялаўды бир мәўсим даўамында әмелге асырады.
Устаз район (қала) экология бөлими менен биргеликте талабан тәрепинен егилген терек нәллерин орынға шыққан ҳалда акт ҳәм фото есабат тийкарында қабыллайды.
Район (қала) экология бөлими ҳәр бир талабан ушын "Экофаол фуқаро" платформасында жеке кабинет ашып, оған егилген терек нәллери ҳаққындағы мағлыўматларды киргизип барады.
Киргизилген мағлыўматлар район (қала) экология бөлими тәрепинен 5 жумыс күни даўамында тастыйықланады ямаса бийкар етиледи.
Район (қала) экология бөлими Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы экология ҳәм климат өзгериўи басқармаларына талапкерге субсидияның 50 процентин егилген терек нәллериниң санына пропорционал түрде төлеў ушын арза жибереди.
Экология басқармалары субсидия қаржыларын 5 жумыс күни ишинде талабанлардың банк картасына өткерип береди.








