Ҳүжжет Президенттиң 2025-2026-жылларға мөлшерленген районларды (қалаларды) жедел комплексли раўажландырыў, сондай-ақ, жергиликли басқарыў уйымларын бир орында оптимал жайластырыў бағдарламасы тастыйықланған ПҚ-132 санлы қарарына муўапық ислеп шығылған.
Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги тәрепинен жаңадан қурылатуғын көп функциялы ҳәм көп қабатлы ҳәкимшилик имаратларда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерди оптимал жайластырыўдың үлги жойбары тастыйықланды.
Район (қала) лардың жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымлары ушын жаңа ҳәкимшилик имаратлар қурыў, сондай-ақ, бар көшпес мүлк объектлерин реконструкциялаўға республикалық бюджеттен 20 миллиард сумға шекем бюджет ссудасы ажыратылады, қалған бөлеги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыў, сондай-ақ, жергиликли бюджетлерге түсетуғын қаржылар есабынан қаржыландырылады.
Ҳүжжет пенен:
Бир орында оптимал жайласқан район (қала) лардың жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларының дизими;
Электрон онлайн-аукционларда сатылатуғын мәмлекетлик көшпес мүлк объектлериниң дизими;
Жаңа ҳәкимшилик имаратлар қурыў ушын берилетуғын жер участкаларын таңлап алыўдың усыныс етилетуғын нормалары;
Район (қала) лардың жергиликли басқарыў уйымларын оптимал жайластырыў бағдарламасы.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында мәмлекетлик тилде жәрияланған ҳәм 24.10.2025-жылдан күшке кирген, деп хабар береди «Norma».









