Бул қубылыс нәтийжесинде майда дисперсли бөлекшелер (РМ2,5 ҳәм РМ10) атмосфераның жерге жақын қатламларында топланып, айырым аймақларда олардың концентрациясының артып барыўы бақланбақта. Бул атмосфера ҳаўасының сапасына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.
Соның менен бирге, жақын күнлерде республика аймағына суўық антициклон тәсири болыўы күтилмекте. Оның тәсиринде жаўын-шашын (жаўын ҳәм қар) болыўы күтилмекте.
Жаўын-шашынлар атмосфераның тәбийий тазалаўына тәсир етип, ҳаўаның төменги қатламларында топланып қалған майда дисперсли бөлекшелердиң жуўылыўына ҳәм тарқалыўына себеп болады.
Нәтийжеде инверсия процесиниң жумсарыўы ҳәм атмосфера ҳаўасының сапасы жақсыланыўы күтилмекте.