Қарарға муўапық, 2027-жылы футбол бойынша U-20 жәҳән чемпионатын шөлкемлестириў ҳәм өткериўдиң тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:

Жәҳән чемпионатына мүнәсип таярлық көриў, оны жоқары дәрежеде өткериў;

Жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын Футбол ассоциацияларының халықаралық федерациясы талапларына муўапық зәрүр инфраструктура жаратыў;

Жәҳән чемпионатының қатнасыўшылары ҳәм ықласбентлерине жоқары дәрежеде хызмет көрсетиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў.

Қарар менен 2027-жылы U-20 футбол бойынша жәҳән чемпионатына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы тастыйықланды.

Буннан тысқары, Жаңа Ташкент қаласы аймағында қурылып атырған "Жаңа Ташкент" орайлық футбол стадионының абырайлы жарысларды өткериў бойынша ФИФА ҳәм Азия футбол конфедерациясы талапларына муўапықластырылыўы қадағалап барылады.