Өзбекстанда вокзал ҳәм станциялардың атамалары мәмлекетлик тил нормаларына муўапықластырылады

    20 қазан 2025 903

    "Өзбекстан темир жоллары" АЖ қурамына киретуғын темир жол вокзаллары, станция ҳәм разъездлердиң атамалары мәмлекетлик тил қағыйдаларына муўапықластырылады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары қабыл етилди.

    2025-жыл 17-октябрьде тастыйықланған ҳүжжет Транспорт министрлиги ҳәм "Өзбекстан темир жоллары" компаниясына үш ай мүддетте вокзал, станция ҳәм разъездлердеги тахтача ҳәм мәлимлеме көрсеткишлериниң алмастырылыўын тәмийинлеў миннетлемесин жүклейди. Барлық жазыўлар мәмлекетлик тил нормаларына қатаң әмел еткен ҳалда өзбек тилиниң латын графикасында жазылыўы шәрт.

    Усы мүнәсибет пенен тийисли ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматлар базалары да жаңаланады.

    Атамалары муўапықластырылыўы керек болған объектлер дизимине Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы 320 вокзал, станция ҳәм разъезд киргизилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates