Мәмлекетимизде халықтың социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў,
бул тараўды бирден-бир системаға бирлестириў бойынша әмелге асырылған
реформалар нәтийжесинде социаллық жәрдем ҳәм хызметлер көлеми кеңейип, хызмет
көрсетиў сапасы жақсыланды.
Нызамға муўапық, социаллық жумыс медицина, билимлендириў, социаллық
қорғаў, бәнтлик, суд ҳәм ҳуқық қорғаў системасы, жазаны орынлаў сыяқлы
тараўларда шөлкемлестириледи.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги социаллық жумыс тараўындағы арнаўлы
ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленеди.
Нызам менен
Министрлер Кабинети, республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм жергиликли
атқарыўшы ҳәкимияттың социаллық жумыс тараўындағы ўәкилликлери белгиленбекте.
Сондай-ақ, пуқаралардың жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес
коммерциялық емес шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери ҳәм физикалық шахслардың
социаллық жумыс тараўындағы жумысқа қатнасыўы беккемленбекте.
Сондай-ақ,
Нызамда социаллық хызметлер ҳәм социаллық жәрдем түрлери, социаллық хызметлер
ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў орынлары, социаллық хызметлер ҳәм социаллық
жәрдем көрсетиўши субъектлер, шахсты (шаңарақты) социаллық қорғаўға мүтәж деп
табыў, социаллық хызметлер ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм оны тоқтатыў
тийкарлары, социаллық хызметлер ҳәм социаллық жәрдем көрсетиўге байланыслы
жумысты қаржыландырыў дәреклери, социаллық хызметкердиң статусы, оның социаллық
қорғалыўы, жумысына байланыслы шеклеўлер сыяқлы әҳмийетли мәселелер өз
көринисин тапқан.
Сенаторлардың
пикиринше, нызам социаллық жумыс тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға,
халықтың мүтәж қатламларына социаллық хызметлер көрсетиў системасын жаратыўға
ҳәм олардың социаллық қорғалыўын күшейтиўге хызмет етеди.
Додалаў
жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.