Мәҳәллелерде реформаларды әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары:
мәҳәллелерде 10 мыңнан аслам ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын иске қосыў арқалы қосымша 100 мың жаңа жумыс орнын жаратыў;
кәмбағаллықтан ҳәм жумыссызлықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 3,5 мыңға жеткериў;
мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў, оларға Жаңа Өзбекстан көринисин бериўге 20 триллион сум қаратыў;
мәҳәллелердеги машқалаларды жедел ҳәм тез шешиў бойынша барлық мәмлекетлик уйымларға жуўапкершилик жүклеў, орынланыўын 24/7 режиминде онлайн қадағалаў әмелиятын енгизиў;
Экономикалық реформалар.
2030-жылға шекем жалпы ишки өнимниң көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, тараў ҳәм тармақларды технологиялық өсиў моделине өткериў арқалы усы жылы оны 167 миллиард долларға жеткериў нәзерде тутылмақта.
Онда экономикалық өсиўди 6,6 процентке жеткериў, инфляция дәрежесин 6-6,5 процентке азайтыў, бюджет дефицитин жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент дәрежеде сақлап қалыў ўазыйпасы қойылмақта.
Сондай-ақ, 1 миллион пуқараны турақлы жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм 263 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў арқалы кәмбағаллық дәрежесин 2,8 процентке, жумыссызлық дәрежесин 4,5 процентке түсириў режелестирилген.
Кәсиплерди раўажландырыў бойынша реформалар.
Бул бағдарда төмендеги ўазыйпалар қойылмақта:
2026/2027-оқыў жылынан 7 аймақтағы алдынғы кәсип-өнер техникумларында "Кәсиплер қалашасы"н шөлкемлестирип, мектеп оқыўшыларын заманагөй кәсиплерге бағдарлаў;
2026/2027-оқыў жылынан техникумларда стипендия төлеў әмелиятын енгизиў;
аймақларда 24 маманлықты баҳалаў орайын шөлкемлестириў ҳәм мийнет базарында тән алынатуғын сертификатларды бериўди енгизиў;
Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай, Корея Республикасының алдынғы билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың санын 100 ге жеткериў.
Экологиялық теңсалмақлық ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыў.
Усы жылы алдыңғы технологияларды енгизиў есабынан 7 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў ҳәм атмосфераға 11 миллион тонна зыянлы элементлер шығарылыўының алдын алыў зәрүр.
2026-2027-оқыў жылынан баслап ҳәр бир аймақта дуал билимлендириў системасы тийкарында 14 "жасыл" техникум шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, пайдаланыў мүддети өткен автомобиллерди утилизациялаў, халыққа электромобиллер сатып алыўды хошаметлеў мақсетинде 16 процентке шекем кредитлер ажыратыў шөлкемлестириледи.
Мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў.
Бул бағдарда Олий Мажлис палаталарының сыртқы қарызды басқарыў, сондай-ақ, экологиялық машқалалардың ақыбетлерин жумсартыў шеңберинде халық ушын мәҳәллелерде жасыл бағлар, жасыл жәмийетлик парклер жаратыў бойынша депутатлардың ўәкилликлери кеңейтиледи.
Сондай-ақ, оғада аўыр жынаятларды жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат төрешилер судында көриў әмелияты жолға қойылады, жынаят процесинде мәжбүрлеў илажларының қолланылыўы үстинен суд қадағалаўы күшейтиледи, тергеў судьяларының ўәкилликлери кеңейтиледи.
2026-жылы жәмийет алдында турған коррупция, нәшебентлик, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық сыяқлы әҳмийетли машқалаларға қарсы гүресиў бойынша нәтийжели системаны енгизиў режелестирилген.
Ҳүжжет пенен төмендегилер бойынша Тийкарғы реформалар бағдарламалары тастыйықланды:
мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў ҳәм оларға Жаңа Өзбекстан көринисин бериў;
экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў, сондай-ақ, ишки базардағы талапты хошаметлеў;
кәсиплерди раўажландырыў ҳәм мийнет базарының жаңа архитектурасын жаратыў;
экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды шөлкемлестириў;
мәмлекетлик басқарыўды ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў, жәмийетте тилеклесликти тәмийинлеў арқалы оларды раўажландырыў ҳәм басқалар.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 17.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».