Өзбекстанда экоаймақларда туристлик соқпақларды шөлкемлестириў тәртиби белгиленди

    Туризм 11 желтоқсан 2025 155

    Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң 10.12.2025-жылдағы 778-санлы қарары менен Экологиялық аймақларда туристлик соқпақларды шөлкемлестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Реже мәмлекетлик қорықханалардың буфер зоналарында, миллий тәбият бағларында, нәлханаларда, тоғай ҳәм тоғай-аңшылық хожалықларында, таў ҳәм шөл аймақларында (экоаймақларда) туристлик соқпақларды шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

    Режеге муўапық, баланс ийеси туристлик соқпақты шөлкемлестириў ушын тийислилиги бойынша Туризм комитетиниң аймақлық бөлимине арза менен мүрәжат етеди.

    Арзаға туристлик соқпақ ҳаққында мағлыўматнама, оның картасы, фото ҳәм видео көринислери қосымша етиледи.

    Арза келип түскен күннен баслап 10 жумыс күни даўамында көрип шығылады.

    Аймақлық бөлим туристлик соқпақтың орынларға шыққан ҳалда белгиленген талапларға муўапықлығын үйренеди, үйрениў нәтийжелери бойынша 2 нусқада акт дүзеди.

    Туризм комитети аймақлық бөлим тәрепинен жиберилген ҳүжжетлерди 2 жумыс күнинде көрип шығады ҳәм туристлик соқпақты Туристлик соқпақлардың бирден-бир реестрине киргизеди.

    Бирден-бир реестрге киргизилген туристлик соқпақлар шөлкемлестирилген деп есапланады.

    Баланс сақлаўшы туристлик соқпақ реестрге киргизилген күннен баслап 1 ай мүддетте басланғыш ноқатқа паспорт ҳәм картаны, сондай-ақ, мәлимлеме белгилерин орнатады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates