Регламентке муўапық, санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ 3 жыл мүддетке бериледи.

Бул жуўмақ шет елден алып кирилип атырған өнимлерге - усы өнимлердиң жарамлылық мүддетине, жарамлылық мүддети болмаған өнимлерге болса әмел етиў мүддети көрсетилместен бериледи.

Санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ төмендеги жағдайларда алыныўы керек:

жаңа өним ислеп шығарыўды жолға қойыўда;

ислеп шығарылып атырған өнимниң қурамы өзгергенде;

өним ислеп шығарыўдың технологиялық процесиниң конструкциялары, комплектлеўи өзгергенде;

өнимниң тәжирийбе үлгилерине;

республика аймағына алып кирилетуғын азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине;

өним ислеп шығарыў ушын берилген санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақтың әмел етиў мүддети өткеннен кейин.

Арза бериўши Мәмлекетлик хызметлерден Мәмлекетлик хызметлер орайларына барып ямаса электрон тәризде БМХКП (my.gov.uz) арқалы пайдаланыўы мүмкин.

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети жуўмақты QR-код арқалы тастыйықлайды ҳәм 1 жумыс күни ишинде мүрәжат етиўшиниң жеке кабинетине жибереди.