Өзбекстанда БИМХПдағы физикалық шахстың жеке мағлыўматлары олардың қағаз түрине теңлестириледи

    10 қыркүйек 2025 829

    "Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў ҳәм тараўдағы бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды түп-тийкарынан қысқартыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрман қабыл етилди (08.09.2025-жылдағы ПҚ-157-санлы).

    Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-ноябрьден баслап Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (Бирден-бир портал) физикалық тәреплердиң жеке мағлыўматлары олардың жеке кабинети арқалы реал ўақыт режиминде усынылады. Бунда:

    Бирден-бир порталдағы физикалық шахстың жеке мағлыўматлары олардың қағаз түрине теңлестириледи;

    егер бул мағлыўматлар Бирден-бир порталдың мобил қосымшасынан пайдаланған ҳалда усынылған болса, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен усы мағлыўматлардың қағаз түриндеги көринисин талап етиў қадаған етиледи.

    Сондай-ақ, 2025-жыл 1-ноябрьден баслап:

    Мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат еткенде пенсионерлер, ҳәмиледарлар ҳәм үш жасқа шекемги баласы менен келген пуқараларға мәмлекетлик хызметлерден нәўбеттен тыс пайдаланыў бойынша жеңиллик бериледи;

    физикалық шахсларды Бирден-бир идентификациялаў системасына (OneID) альтернатив түрде дизимнен өткериўде шахсты биометрикалық идентификациялаў (Face ID) тәртиби енгизиледи;

    мәмлекетлик хызметлер орайларына халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине Бирден-бир портал арқалы енгизилген барлық мәмлекетлик хызметлер бойынша хызметлер көрсетиў ҳуқықы бериледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates