Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-ноябрьден баслап Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (Бирден-бир портал) физикалық тәреплердиң жеке мағлыўматлары олардың жеке кабинети арқалы реал ўақыт режиминде усынылады. Бунда:

Бирден-бир порталдағы физикалық шахстың жеке мағлыўматлары олардың қағаз түрине теңлестириледи;

егер бул мағлыўматлар Бирден-бир порталдың мобил қосымшасынан пайдаланған ҳалда усынылған болса, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен усы мағлыўматлардың қағаз түриндеги көринисин талап етиў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, 2025-жыл 1-ноябрьден баслап:

Мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат еткенде пенсионерлер, ҳәмиледарлар ҳәм үш жасқа шекемги баласы менен келген пуқараларға мәмлекетлик хызметлерден нәўбеттен тыс пайдаланыў бойынша жеңиллик бериледи;

физикалық шахсларды Бирден-бир идентификациялаў системасына (OneID) альтернатив түрде дизимнен өткериўде шахсты биометрикалық идентификациялаў (Face ID) тәртиби енгизиледи;

мәмлекетлик хызметлер орайларына халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине Бирден-бир портал арқалы енгизилген барлық мәмлекетлик хызметлер бойынша хызметлер көрсетиў ҳуқықы бериледи.